Иран АҚШ пенен сөйлесиўди тиклеў шәртин мәлим етти

121

“АҚШ ҳәм басқа да мәмлекетлердиң ҳәрекети урысқа алып келмегенде, Тегеран өзиниң ядролық бағдарламасы бойынша сөйлесиўге таяр еди ҳәм ҳәмийше сондай болып қалады”. Бул пикирди Иран сыртқы ислер министри Аббос Арағчий билдирген.

– Биз ядролық бағдарламамыз бойынша сөйлесиўге бурын да, ҳәзир де ҳәм бәрқулла таярмыз, – деген лаўазымлы шахс Иран Сыртқы ислер министрлигинде түрли мәмлекетлердиң дипломатиялық ўәкиллериниң қатнасыўында болып өткен ушырасыўда. – Демек, сөйлесиў қайта тикленетуғын болса, АҚШ ҳәм басқа да мәмлекетлердиң ҳәрекети және урысқа алып келмеўине исеним пайда етиўимиз керек. АҚШ дипломатиялық қатнасын өзгерткен. Соның ушын бизге Вашингтон және сондай ҳәрекет етпеўи бойынша исеним керек.

Бизге белгили, Израиль 13-июньға өтетуғын түнде жасырын әскерий ядро бағдарламасын әмелге асырыўда айыплап, Иранға қарсы әскерий әмелият баслады. Ислам Республикасы бул айыплаўды бийкарлап, ҳүжим менен жуўап берди. Тәреплер 12 күн даўамында соққы алмасып турды. Урысқа 22-июньға өтетуғын түнде АҚШ та қосылып, Иран ядролық объектлерине бир мәрте ҳүжим уйымластырды.

С.Раҳимов, ӨзА