Қытай ҳәм АСЕАН Еркин саўда аймағы шәртнамасына қол қояды

133

Қытай – АСЕАН еркин саўда аймағы бойынша мәсләҳәтлесиў жуўмақланды. Енди ҳүжжетке қол қойыў зәрүр. Бул ҳаққында Қытай сыртқы ислер министри Ван И Куала-Лумпурда АСЕАН министрлери әнжуманының жуўмағы бойынша журналистлер менен шөлкемлестирилген ушырасыўда билдирди.

– Ҳәзирги қыйын шараятта Қытай ҳәм АСЕАН мәмлекетлери бирин-бири қоллап-қуўатлаўда, бирге ислесиўде ҳәм машқалаларға бирлесип қарсы турыўда өзлериниң ерк-ықрарын көрсетти, – деген ол өз мәкемесиниң сайтында тарқатылған хабарда. – Тәреплер Қытай – АСЕАН еркин саўда аймағы 3.0 бойынша мәсләҳәтлесиў жуўмақланғанын тастыйықлады ҳәм тийисли ҳүжжетти усы жылы октябрь айында болып өтетуғын саммитте тастыйықлаў ҳәм қол қойыў ушын усыныўға келисип алды. Бул қарар регионаллық экономикалық интеграцияны раўажландырыў ҳәм жоқары дәрежедеги еркин саўда тармағын қурыўда даўам еттиретуғынымыздан дәрек береди.

С.Раҳимов, ӨзА