Түркияда Беҳбудийдиң туўылған күнине бағышланған халықаралық илимий әнжуман өткериледи

115

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў, атап айтқанда, ағартыўшы бабаларымыздың өмири ҳәм жәмийетлик жумысы, илимий-дөретиўшилик мийрасын терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, шығармаларын кеңнен ғалаба ен жайдырыў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 27-декабрьдеги “Түркстан жадидшилик ҳәрекетиниң тийкарын салыўшысы, белгили жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер, баспа хызметкери ҳәм педагог Маҳмудхўжа Беҳбудий туўылған күниниң 150 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында”ғы қарары да бул бағдардағы әҳмийетли басламалардан бири болып есапланады.

Қарарда Беҳбудий мийрасын үйрениў бойынша көплеген тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилген. Соннан келип шыққан ҳалда Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Халықаралық түркий мәденият шөлкеми (ТҮРКСОЙ) Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети, Анкара Ҳажы Байрам Вали университети менен биргеликте Түркияның Анкара қаласында “Маҳмудхожа Беҳбудий мийрасының түркий халықлар тарийхында тутқан орны” атамасында халықаралық илимий конференция өткерилиўи режелестирилмекте.

Бул халықаралық илажды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоконференцбайланыс түринде додалаў мәжилиси өткерилди.

Өзбекстанның ТҮРКСОЙдағы ўәкили Шавкат Ортиқов басқарған мәжилисте Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Мәденият министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети, Анкара Ҳажы Байрам Вали университети, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң профессорлары өзлериниң пикир-усыныслары менен қатнасты.

Әнжуманда түркий мәмлекетлердиң үлкен илимий потенциалға ийе болған ҳәм Түркстан жадидлик ҳәрекети деп аталған тарийхый ҳәдийсени ҳәр тәреплеме үйренип киятырған бир қатар илимпазлары өз баянатлары менен қатнасыўы күтилмекте.

Илаж шеңберинде Маҳмудхожа Беҳбудий мийрасына бағышланған көргизбе ҳәм спектакль көрсетиўин шөлкемлестириў нәзерде тутылып атырғаны билдирилди.

Сондай-ақ, Маҳмудхожа Беҳбудийдиң таңламалы шығармаларын түрк тилине аўдарыўға кирисилген болып, ол ТҮРКСОЙ тәрепинен топлам түринде басып шығарылып, илажда усынылыўы күтилмекте. Бул түркий халықлардың уллы ағартыўшы бабамыздың мийрасы менен және де жақыннан танысыўына кеңнен имканият жаратады.

Мәжилисте усы сыяқлы бир қатар мәселелер көрип шығылып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

ӨзА