Кубоктиң барлық жеңимпазлары белгили болды

Кеше Нөкис қаласында «Бес баслама Олимпиадасы» шеңберинде футбол бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги»ниң Қарақалпақстан Республикалық басқышының финал ойыны болып өтти.
Кубок ийесин анықлаў ушын өткерилген ойында Нөкис қаласы жаслары Нөкис районы командасы менен ушырасты.

Кескин беллесиўлер астында өткен ушырасыў жуўмағында, ақмаңғытлы футболшылар майдан ийелерин 0:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Ал, үшинши орын ушын өткерилген ойында болса, Шымбай районы жаслары Қоңырат районы командасына 1:2 есабында жеңилип қалды ҳәм жарысты 4-орын менен жуўмақлады.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, мини-футбол бойынша өткерилген «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги»ниң Қарақалпақстан Республикалық басқышында жигитлер арасында Қараөзек, қызлар арасында Әмиўдәрья районлары командалары биринши орынды ийелеген еди.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.