Мийнет кәмбағаллықтан қутқарып, абаданлыққа жеткереди

199

«Дийқаншылық бәри бес, шарўашылық оған ес», -деп дийқаншылыққа қоса шарўашылықтың да тилин таўып,   күнелткен ата-бабаларымыз бәрқулла абадан турмыс кешириўге талпынып жасаған. Бүгинги күнде де мийнет еткен адамның талабы жүрисип, жәмийеттен өз орнын таўып, шаңарағына да, халыққа да пайдасы тиймекте.

Елимизде алып барылып атырған «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасынының шешими де әне, усы мийнет етиў ҳәм ериншекликтен қутылып, бәрқулла ҳәрекетте болыў арқалы жақсы нәтийжелерге ерисиўге бағдарлайды. Биз буны халқымыз арасында болып, мийнеткеш инсанлардың турмысы менен танысып жүрип,  Хожели районы  «Саманкөл» АПЖ да жасаўшы Жийенбай Сапарниязовтың мысалында көрип және бир мәрте гүўасы болдық.

Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында жумыс алып барып атырған Жийенбай аға 2020-жылы карантин дәўиринде бос отырмастан үй қапталына 4 ярым сотых жерге ыссыхана қурып, палыз өнимлерин егип баслайды. Бәҳәрде помидор, гүзги мәўсимге қыяр егип, еки мәрте зүрәәт жыйнап алыў арқалы  жумыс нәтийжелилигин арттырған ол, шаңарақ ағзалары менен бирге помидордан 3 тонна, гүзги қыярдан 3, 4 тоннадай қыяр жыйнап алып, ишки базарға шығарыў арқалы шаңарағында қурғынлыққа ерисип баслайды. Сондай-ақ, ол үй қапталында мийўе түрлерин көбейтип, шабдал, ерик, жүзим, алма, алмурт мийўе дарақларын көгертип, картошка, палыз өнимлеринен де мол ҳасыл алып, гүллер, жап-жасыл ёлкаларды егип, үй қапталын мисли  гөззаллыққа айландырған мийнеткеш инсан. Дийқаншылыққа қоса ол жақында шарўашылыққа да айланысып, гөш-сүт өнимлерин жетистириўге бел байлады.

-Быйыл жыл басында ҳәким жәрдемшисиниң жәрдеми менен жеңиллетилген кредит алып, шарўашылық жумысларымызды жетилистирип атырмыз. Яғный, өзимиздиң жергиликли қара маллардың породаларына қосымша Қазақстаннан алып келинген пародалы қара малларды алып, гөш өнимин жетистирип атырмыз. Кеше жақында үш өгизди гөшке тапсырып, 1 тоннадан аслам гөшти сатыўға шығардық. Бул жумысларда өмирлик жолдасым ҳәм еки жумысшының бәнтлиги тәмийинленген. Бул арқалы шаңарағымызда қурғынлыққа ерисиў менен бирге, халқымызға гөш өнимлерин жеткерип киятырмыз. Демек, мийнет еткен адам ҳеш қандай камбағал болмайды,-дейди Жийенбай аға.

Ҳәр нәрсеге қызығыўдың негизинде бир себеп болғаны сыяқлы, Жийенбай ағаның Ташкент қаласында ыссыханада он жыл даўамында жумыс ислеп келиўи оның келешегине көп пайдасын тийгизген тәреплери бар. Сол тәжирийбе бүгин оның алдынан шықпақта. Өз билимин Сайхунабад тәжирийбеси менен жетилистирип атырған оның бүгинги турмысынан кеўли тоқ.  Өткен жылы помидордың Ураган сортын еккен болса, быйыл Дантина сортын егип дийдиндегидей өним алып атырған ол «Мийнет етсең тиленбей, тояды қарның тиленбей» деген сөзди қайта-қайта тәкирарлады. Демек, қыстың қыраўлы күнинде таза палыз өнимин ыссыханасынан жетистирип, шарўашылықта мол өним алыўға ерисип атырған бүгинги дәўир қаҳарманларының бири болған хожелиши Жийенбай ағаның мийнет жолын бәршеге өрнек етсек арзыйды.

Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги.