Мийнет сүйгиш пуқара пал ҳәррешиликти раўажландырмақта

Әмиўдәрья районында жайласқан Арнабуйи мәҳәллесинде жыллар даўамында ҳәммеге жақсы таныс, мийнет ҳәм берекеттиң символына айланған тараўлардан бири – бул пал ҳәррешилик болып есапланады.
Әне усы мәҳәлледе жасайтуғын, пидәкерлик мийнети ҳәм исенимли ҳәрекетлери менен тек ғана өзиниң шаңарағын емес, ал пүткил жәмийетти шыпалы жемис – тәбийғый пал менен тәмийинлеп киятырған инсанлардан бири – Мақсуд Абдураҳмонов болып есапланады.

Ол пал ҳәррешиликке дәслеп қызығыўшылық тийкарында қәдем таслаған. Бир неше киши уядан ибарат болған пал ҳәррелер менен жумыс баслаған бул жумыс бүгинги күнде толық, бир неше шаңарақты қамтып алған пал ҳәррешилик хожалығына айланды. Оның бул тараўда ерискен жетискенликлери тосыннан емес – билимге сүйенген, тәжирийбеге тийкарланған, мийнет ҳәм сабыр талап ететуғын узақ жыллық жумыс нәтийжеси, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Мәҳәлледеги көплеген жаслар бул тараўда Мақсуд ағаның жумысын үлги деп биледи. Ол өзиниң билим ҳәм көнликпелерин басқалардан аямай, пал ҳәррелерди тәрбиялаў, оларды кеселликлерден сақлаў, сапалы пал жетистириў сыяқлы қурамалы процесслерди жасларға пуқта үйретип келмекте. Бүгинги күнде оның көплеген шәкиртлери өз бетинше жумыс баслап, пал ҳәррешиликти шаңарақлық дәрамат дәрегине айландырыўға ериспекте.

Пал ҳәррешилик тек ғана экономикалық жақтан емес, ал экология, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм саламат турмыс тәризи көзқарасынан да оғада әҳмийетли тараў болып есапланады. Аўылларда М.Абдураҳманов сыяқлы инсанлардың бар екенлиги мәҳәллениң экономикалық ҳәм руўхый турмысында унамлы өзгерислерди келтирип шығармақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги