Ғайраты толып-тасқан Байрамгул апа

Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызлар ушын жаратылып атырған имканиятлар олардың барлық тараўларда өз имканиятын көрсетиўине кеңнен жол ашпақта.
Әсиресе, бурынғы өнерлерди үйрениў ҳәм оны заманагөйлестириў, миллийлестириўде белсенди ҳаял-қызлардың қатары күн сайын кеңеймекте.

Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районы Тазабазар мәҳәллесинде жасаўшы Байрамгүл Бекбергенова да мине усындай белсенди ҳаяллардан. Ол миллий өнер – кийиз басыў ҳәм жүннен жип ийириў сырларын үйрениўге бел байлаған. Бул жолда оған устаз сыпатында елимизде кеңнен танылған, “Дўстлик” ордениниң ийеси, тәжирийбели өнермент Алтынай Нәўбетова жол көрсетпекте.
Бизге белгили, Өзбекстанды 2030-жылға шекем социаллық-экономикалық раўажландырыў концепциясында 2022-2025-жылларда қайта ислеўши тармақларды жедел раўажландырыў, жаңа базар ҳәм өндирис структураларын қәлиплестириў, 2026-2030-жылларда экспортқа бағдарланған өним түрлерин ислеп шығарыўды жетилистириў нәзерде тутылған.

Жүн талшығын жип алыў процесине таярлаў ушын оны басланғыш қайта ислеў процесслериниң технологиясын ислеп шығыў, жүн талшығы тийкарындағы экспортқа бағдарланған таяр өнимлердиң жаңа базарларын жаратыў үлкен әҳмийетке ийе.
Бизге белгили, елимизде мийнет ресурсларының тез өсиў шараятында бәнтликти тәмийинлеў машқаласы жаңа өндирислик қуўатлықларды шөлкемлестириў ушын қолайлы шараятлар жаратыўды талап етеди. Бул бағдарда жергиликли жүн талшығын басланғыш қайта ислеў, жоқары сапалы жип алыў, оның тийкарында гезлеме ҳәм таяр өнимлер ислеп шығарыў бойынша киши кәрханалар жаратыў республикамыз халқыныӊ, әсиресе, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў машқаласын шешеди.

Устаз көрген шәкирт сыпатында Байрамгүл апа да өз үстинде турақлы излениўде. Ол өнерментшиликти пуқта үйрениў менен бирге, келешекте бул кәсипке меҳир қойған ҳаял-қызларға устазлық етиўди, оларға миллий қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм әмелий көркем өнерге айландырыў жолында сабақ бериўди мақсет еткен.
Гулноза Бобоева, ӨзА