Администрация жумысында “комплаенс” системасы жолға қойылады

Енди ҳәр қандай нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет ҳәм жойбар Президент Администрациясы жанындағы илимий-таллаў институтларының изертлеўлери, илимпазлар, жергиликли ҳәм сырт ел экспертлериниң усыныслары тийкарында ислеп шығылады.
Бул Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен қол қойылған “Мәмлекетлик басқарыў системасында эффективлилик, проактивлик ҳәм нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманда келтирилген. Әҳмийетли бағдарлар жойбарлаў офислери арқалы әмелге асырылады. Администрация жумысында “комплаенс” системасы жолға қойылады. Бул болса ашық-айдынлықты тәмийинлеў, орынлаў тәртибин беккемлеў ҳәм коррупция жағдайларының алдын алыўға хызмет етеди.
Айырым бағдарларда Президент ўәкиллери лаўазымлары енгизилди. Сондай-ақ, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (МҒКА) жумысы сапластырылып, оның тийкарында Миллий контент ислеп шығарыўшы орай шөлкемлестирилмекте.
Мәмлекетлик уйымлардың жәмийетшилик алдындағы есап бериўи арттырылмақта. Баспасөз хаткерлери институты және де беккемленеди, халық пенен байланыс ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиўдиң жаңа системасы енгизилмекте.
ӨзА