Хожелиши жасларға жаңа имканиятлар есиги ашылмақта

Мәмлекетимизде алып барылып атырған Жаслар сиясаты тийкарында елимизде кең көлемли реформалар алып барылып, жаслар ушын барлық имканиятлар жаратылмақта. 2024-жыл 19-20-август күнлери Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмаларға муўапық, Хожели районында “Жаслар орайы”н қурыў белгиленген еди Жақында ғана 30-июнь Жаслар күни мүнәсибети менен елимизде өткерилген байрам хожелиши жаслар ушын жаңа имканиятлар есигин ашып, жаңалық пенен уласып кетти. Яғный, 11-июль күни районда жаслар ушын барлық қолайлықларға ийе болған “Жаслар орайы” имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Хожели районы ҳәкимлиги балансындағы “Қумбыз” мәҳәллесинде жайласқан 3 қабатлы имаратта
“Жаслар орайы” жумысын жолға қойыў мақсетинде имарат реконструкциясы ушын “Басламалы бюджет” есабынан 1,3 млрд.сум, Хожели районы жергиликли бюджети есабынан 400,0 млн.сум, мебель ҳәм үскенелер ушын Жаслар ислери агентлиги есабынан 637,0 млн.сум қаржы ажыратылып, “Нөкис Техника қурылыс” ЖШЖ тәрепинен қурылыс, оңлаў жумыслары алып барылды.

Орайдың 1-қабатында “Заковат” интеллектуаллық ойынлары, шахмат ҳәм шашка дөгереги, Жаслар китапханасы, 2-қабатында инглис, немис ҳәм рус тили дөгереклери, математика, IT ҳәм робототехника, конференция залы, 3-қабатында үлкен мәжилислер залы ҳәм Жаслар ислери агентлиги Хожели районлық бөлими жайластырылған болып, заманагөй инвенталар менен тәмийинленген.

-Бурын Жаслар ислери агентлигиниң өз имараты болмағанлықтан қыйыншылық туўдырып киятырған еди. Мине енди, Жаслар орайының ашылыўы районымыз жаслары ушын үлкен жаңалық болды. Орайда бир ўақыттың өзинде 300-350 жас өзиниң интеллектуаллық қәбилетлерин арттырыўы мүмкин. Күнине 450-500, ҳәптесине 2700-3000, айына 11-12 мың жаслар ҳәр қыйлы жойбар ҳәм илажларға қамтып алынады. Бундай имканиятлар арқалы район жасларының бос ўақытлары бәнт етилип, жаңа шеклерди ийелеўге тийкар жаратары анық,-дейди Жаслар ислер агентлиги Хожели районлық бөлими баслығы Ислам Абдижаппаров

Бул орай жаслардың билим алыў имканиятларын кеңейтиў, интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик қәбилетлерин раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болып, жас әўладты илим ҳәм шет тиллерге табыслы оқытыўға хызмет етери сөзсиз.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги