Жипек жолы аймағы нураныйлары келеси басқышта

140

Шымбай районлық қәнигелестирилген мектептиң футбол майданында «Ғайратлы кекселер» сүрени астында 60 жастан жоқары нураныйлар арасында спорттың мини-футбол түри бойынша жарыс болып өтти.

Жарысқа Бахытлы, Тағжап аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм Гүжимли, Жипек жолы, Көнши, Көкши қала, Темир жол гүзары, Шахтемир, Оржап, Қаракөл мәкан пуқаралар жыйынларынан командалар қатнасып, футбол бойынша өз шеберликлерин көрсетти.

Жарыс жуўмағында, барлық қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болған Жипек жолы мәкан пуқаралар жыйынының командасы биринши орынды ийелеўге еристи.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Көнши ҳәм Шахтемир мәкан пуқаралар жыйынларының белсенди нураныйларына несип етти.

Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.