2025-2026-жылларда жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша тийкарғы жойбарлар дизими тастыйықланды

188

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “2025-2026-жылларда жасалма интеллект технологиялары тараўында тийкарғы жойбарларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық:

а) 2025-2026-жылларда Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги системасындағы ҳәм олардың қатнасыўындағы шөлкемлер тәрепинен жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша тийкарғы жойбарлардың дизими;

б) 2025-2026-жылларда министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен әмелге асырылатуғын жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша тийкарғы жойбарлардың дизими тастыйықланды.

Усы қарарда белгиленген тийкарғы жойбарлар Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен Санлы технологиялар министрлигине ажыратылған қаржылар есабынан қаржыландырылады. Жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде ислеп шығылған мәлимлеме системалары ҳәм программалық тәмийнатлар мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың қаржылары есабынан қаржыландырылады.

Қарарда белгиленген жойбарларды әмелге асырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги системасындағы ҳәм олардың қатнасыўындағы шөлкемлер арасында таңлаў өткериўге руқсат бериледи.

Ташкент қаласындағы Инҳа университети ушын 2026-жыл 1-июньға шекем жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша параллель есаплаў, машина оқытыў ҳәм басқа да жойбарлар ушын зәрүр болған графикалық қайта ислеў блокларын (GPU) өз ишине алған жоқары нәтийжели есаплаў кластери ҳәм үлкен мағлыўматлар базасы сервер қурылмалары сатып алынады.

Мағлыўмат ушын. Алдын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 14-октябрьдеги  ПҚ 358-санлы қарары менен Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги структурасындағы “Санлы экономика изертлеўлери орайы” мәмлекетлик мәкемеси негизинде “Жасалма интеллект ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў орайы” мәмлекетлик мәкемеси шөлкемлестирилген еди.

ӨзА