Егинлерден мол зүрәәт алыў бағдарлары үйренилди

Тақыятас районындағы Найманкөл аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан “Санабар Сапарбаева” ҳәм Хожели районындағы Саманкөл аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан “Шукурулла Толғанай” фермер хожалығы атыз майданларында аўыл хожалығы тараўының алдынғы ўәкиллери ҳәм фермерлер ушын оқыў-семинар шөлкемлестирилди.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Кўзиев ҳәм район ҳәкиминиң орынбасарлары қатнасты.

Семинарда ғаўаша майданларында агротехникалық илажларды өз ўақтында өткериў, төгин бериў, зыянкеслерге қарсы гүресиў ҳәм өнимдарлықты арттырыўдың заманагөй усыллары додаланды.
А.Кўзиев картошка егиў процесин әмелде көрсетип берди. Әмелий жумыслар фермерлер ушын пайдалы болып, олар картошка егиўдиң алдынғы усыллары менен танысты ҳәм өз тәжирийбелерин арттырыў имканиятына ийе болды.
Бундай семинарлар аўыл хожалығын раўажландырыў, зүрәәтлиликти арттырыў ҳәм фермерлердиң билимин арттырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли, әлбетте.

Қанлыкөл районындағы Наўрыз аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Тайыр Қарахожа» фермер хожалығына тийисли ғаўаша атыз басында да ғаўаша тәрбиясы бойынша әҳмийетли мәселелер талқыланды.
Ғаўаша тәрбиясы агротехникалық илажлары, шербет усылында суўғарыў, ғаўашаның қатар арасын шүдигарлаў, агрегатларды «балық қабы» усылында қаплаў, ғаўашаны шырпыў жумысларын өз ўақтында сапалы әмелге асырыў мәселелерине арналып өткерилген әмелий көгизбели семинар-кеӊеске район фермерлери ҳәм тийисли қәнегелер қатнасты.
Семинарда Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Кўзиев, район ҳәкими Б.Султанов ҳәм басқа да қәнигелер ғаўаша тәрбиясында кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Сондай-ақ, ғаўаша зыянкеслерине қарсы гүресиўде тийисли препаратлардан орынлы пайдаланыў, биологиялық ҳәм химиялық жоллар менен зыянкеслерге қарсы гүресиў абзаллықлары ҳаққында түсиниклер берилди.
Пахташылықта жоқары зүрәәт алыўға бағышланған оқыў-семинары Шоманай районындағы Дийханабад аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан “Айбек Өтеўлиев” фермер хожалығы атызында да болып өтти.
Онда Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Кўзиев, тараў қәнигелери, фермер хожалықларының басшылары ҳәм аўыл хожалығы тараўының алдынғы ўәкиллери қатнасты.

Семинарда қәнигелер пахта майданларына төгин бериў, зыянкеслерге қарсы гүресиў, культиваторларды ораў технологиясы ҳәм картошка егиў жумысларын илимий тийкарда шөлкемлестириў бойынша толық мағлыўматлар берди. Бул мағлыўматлар фермерлерге пахта жетистириўде жаңа усылларды қолланыў ҳәм өнимдарлықты арттырыўға жәрдем береди.
– Бундай семинарлар пахта жетистириў менен шуғылланып атырған фермерлер ушын тәжирийбе алмасыў, агротехникалық илажлардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм келешекте жоқары зүрәәт алыўда үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, семинарда ғәлледен босаған жерлерге картошка, мәш ҳәм басқа да егинлерди егиў бойынша усыллар таныстырылды. Ҳәзирги ўақытта пахтаның биринши суўын берип, енди тәрбиялаў жумыслары менен шуғылланып атырмыз. Семинарда фермерлер жаңа билим ҳәм көнликпелерге ийе болып, оларды өз жумысларында қолланыў имканиятына ийе болды,-дейди фермер А.Өтеўлиев.

Семинарларда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.