Ғаўаша тәрбиясы ҳәм тәкирарый егин егиў ислерине бағышланды

Шымбай районында ғаўаша тәрбиясы ҳәм гүзлик бийдайдан босаған майданларға тәкирирый егин егиў ислерине бағышланған семинар болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң жуўапкер ўәкиллери, район басшылары, кластерлер ҳәм фермерлер қатнасты.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Козиев, Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары И.Қайыпназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ғаўашадан жоқары зүрәәт алыў ушын белгиленген агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў, атызларға төгин шығарыў, химиялық препаратларды қолланыў арқалы зүрәәтлиликти арттырыў (суспензиялаў), култиваторларды ораў ҳәм егиннен босаған майданларға картошка егиў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша өзлериниң мәсләҳәтлерин берди.

Илажда тийисли шөлкем қәнигелери тәрепинен техникалар ҳәм химиялық препаратлар көргизбеси шөлкемлестирилип, қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.


Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.