Австралияда хирурглар аортаны жасалмаға алмастырыў бойынша айрықша операция өткерди

162

Илим жаңалығы

Австралия медицинасы тарийхындағы ең қурамалы операциялардан бири әмелге асырылды. 50 жастағы наўқаста аневризма – өмир ушын қәўипли артерия кеңейиўи себепли дерлик пүткил көкирек аортасы алмастырылды. Шыпакерлер бул жағдайды “секундтан соң жарылатуғын бомба” деп атайды.

“Қашан жарылыўын анық айтыў мүмкин емес, бирақ ўақтымыз жүдә аз қалғанын билетуғын едик”, – деди қан-тамыр хирурги доктор Саманта Педен.

Тоғыз саатлық операцияны жүрек ҳәм қан-тамыр хирургларынан ибарат топар өткерди. Аорта орнын алмастырыў ушын операция ўақтында наўқастың денеси суўытылды ҳәм 20 минутқа қан айланыўы тоқтатылды – бул ўақыт ишинде мийге зыян жетпеўи керек еди.

Зыянланған аорта бөлими алып тасланды ҳәм оның орнына жасалма трубка орнатылды. Доктор Педен бул материалды “беккем ҳәм суў өткермейтуғын гезлеме”ге теңлестирди. Бундай қурамалы операциялар Австралия ҳәм Жаңа Зеландияда тек ғана бир неше орайларда әмелге асырылады, бул бөлимде олар жылына алты мәртеден артық өткерилмейди.

Арадан үш ҳәпте өтип, наўқас реанимациядан шықты ҳәм тиклениўди баслады. Доктор Педенниң айтыўынша, ол өзин жақсы сезинбекте – инсульт ямаса ләң белгилери жоқ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги