АҚШ технология компаниялары 94 мың жумыс орнын жасалма интеллект пенен алмастырды

164

2025-жылдың басынан берли АҚШтағы ири технология компаниялары жумысшы күшин кескин қысқартыўда даўам етпекте. Рәсмий статистикаға бола, жасалма интеллект (ЖИ) ҳәм автоматластырыў технологияларының кеңнен енгизилиўи себепли 94 мыңнан аслам қәниге жумысынан айрылған.

Қәнигелердиң айтыўынша, бул процесс әсиресе программаластырыў, мағлыўматларды таллаў, қарыйдарларға хызмет көрсетиў ҳәм ҳәттеки дөретиўшилик тараўларында да сезилерли болмақта. Көплеген компаниялар инсан ресурсларын қысқартып, генератив жасалма интеллект қураллары жәрдеминде тезирек ҳәм арзанырақ хызмет көрсетиўге ҳәрекет етпекте. Мәселен, айырым АТ-гигантлар код жазыў, ҳүжжетлер таярлаў ямаса қарыйдарлар менен байланысты автоматластырыў ушын ChatGPT, Gemini, Copilot сыяқлы алдынғы технологияларға өтпекте. Нәтийжеде, алдын жәмәәт болып орынланатуғын ўазыйпалар енди бир неше минутларда ЖИ тәрепинен орынланбақта.

Сондай-ақ, компаниялар бундай өзгерислерди өндирис нәтийжелилигин арттырыў, бәсекиге шыдамлылықты сақлап қалыў ҳәм қәрежетлерди азайтыў қуралы сыпатында көрмекте. Бирақ бул тенденция жумысшылар ҳәм кәсиплик аўқамлары тәрепинен сынға алынбақта. Олар автоматластырыў социаллық теңсизликти күшейтиўи, жумысшы күшиниң қәнигелеспеген қатламларын жумыссызлыққа алып келиўи мүмкин екенлигинен қәўетер билдирмекте.

Экономистлердиӊ пикиринше, бул процесс еле даўам етеди. Жасалма интеллект технологиялары жетилискени сайын, мийнет базарындағы көплеген дәстүрий лаўазымлар өз әҳмийетин жоғалтыўы мүмкин. Соның менен бирге, жаңа технологиялар менен ислей алатуғын қәнигелер ушын жаңа имканиятлар да жаратылмақта.

БМШ ҳәм Жәҳән банки сыяқлы халықаралық шөлкемлер де жумысшы күшин қайта таярлаў ҳәм жаңа көнликпелерди ийелеўи ушын ҳүкиметлер ҳәм компанияларды жедел илажлар көриўге шақырмақта.

Мадинабону Насриева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА