Қурылыс тараўындағы жойбарлар додаланды

Қурылыс тараўындағы инвестициялық жойбарларды додалаў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў бойынша Қарақалпақстан делегациясы Қытай Халық Республикасына хызмет сапары менен барды.
Сапар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы И.Сдиков «Chine MCC Group Co., Ltd» компаниясы вице-президенти Чжу Гуанся менен ушырасыў өткерди.

Онда компания ўәкиллери менен Хожели районы аймағынан өтиўши Нөкис-Қоңырат автомагистраль жол бойындағы 152 гектар жер майданында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы»н шөлкемлестириў жойбарын әмелге асырыў мәселелери бойынша сөйлесиўлер алып барды.
Бул ири жойбар ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген 129-санлы пәрманы тийкарында әмелге асырылып атырған болып, жойбар шеңберинде улыўма 5 ҳәм 7 қабатлы 30 дан аслам турақ жайлар, 160 тан аслам еки қабатлы үлгили жайлар, ҳәкимшилик имаратлар, социаллық объектлер, комплекс IT-парк, хызмет көрсетиў объектлери, санаат ҳәм өндирис кәрханалары қурылатуғынын атап өтиў орынлы.





Буннан соң делегация ағзалары «Chine MCC Group Co., Ltd» компаниясы тәрепинен алып барылып атырған ири жойбарлар менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги