Кубок жеңимпазлары анықланды

121

Нөкис қаласында мини-футбол бойынша “Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги”ниң Қарақалпақстан Республикалық басқышының финал ойынлары болып өтти.

Ерлер арасында өткерилген жарыстың финалында Қараөзек ҳәм Төрткүл районлары командалары өз-ара беллести ҳәм ойынның тийкарғы бөлими 1:1 есабы менен жуўмақланды. Ал, пенальтилер сериясында болса, әўмет қараөзекли футболшыларға күлип бағып, олар өз қарысласларын 4:3 есабында жеңип шығыўға еристи.

Жарыстың қола медалы ушын өткерилген ойында болса, Нөкис қаласы футболшылары Елликқала районы командасын 7:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Қызлар арасында өткерилген жарыста болса, Әмиўдәрья районы командасы Нөкис қаласы футболшыларын 3:2 есабында жеңип, алтын медаль ийесине айланды.

Үшинши орын ушын беллесиўде болса, қараөзекли жаслар шоманайлы қызларға 0:4 есабында жеңилип қалды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.