Бийдайдан босаған майданларға тәкирарый егин егилмекте

201

Нөкис районындағы Дарсан мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Раметулла” фермер хожалығында ғәлледен босаған жер майданларына гүзги картошка егиў жумысларына бағышланған көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкими З.Зайтов, фермер хожалықларының басшылары, аграр тараўда жумыс алып барып атырған қәнигелер ҳәм аўыл хожалығы тараўының ўәкиллери қатнасты.

Семинар шеңберинде қатнасыўшылар картошка егиў процесслери, оған таярлық жумыслары, заманагөй агротехнологиялардан пайдаланыў имканиятлары, сондай-ақ, өнимдарлықты арттырыў бойынша әмелий усыныслар менен танысты.

Соның менен бирге, аўыл хожалығы егинлери зыянкеслерине қарсы гүресиўде биолаборатория хызметлеринен пайдалыныўдың әҳмийети ҳаққында толық мағлыўматлер берилди.

Семинар даўамында картошка егиў жумысларын өз ўақтында, жедел ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди ҳәм жуўапкер шөлкемлер менен фермерлерге зәрүр көрсетпелер берилди.

Бундай әмелий семинарлар аўыл хожалығындағы жумыс нәтийжелилигин арттырып, фермерлердиң маманлығын және де жоқарылатады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.