Аўыл хожалығында нәтийжели инвестициялар

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен Нөкис районындағы алдыңғы фермер хожалықларының жумысы менен жақыннан танысыў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.


Пресс-тур қатнасыўшылары дәслеп райондағы “Биогумус” фермер хожалығына алып барылды. Бул хожалық 2018-жылдан берли “Қуяшта кептирилген экологиялық таза органикалық помидорларды таярлаў ҳәм экспортты кеңейтиў” жойбарын табыслы әмелге асырып келмекте.
Жойбар ушын 320 миллион сумлық қаржы бағдарланған. 2022-жылы өндиристи кеңейтиў мақсетинде 5,7 миллиард сумлық инвестиция тартылып, 300 тонна сыйымлылықтағы заманагөй музлатқышлы қоймахана ҳәм қадақлаў үскенелери орнатылды.


“Биогумус” фермер хожалығы тәрепинен қайта исленген помидор өнимлери ECOCERT ORGANIC STANDART ҳәм ISO 22000:2018 халықаралық сапа сертификатларына ийе.
Бүгинги күнде хожалық тәрепинен кептирилген органикалық помидор өнимлери Италия ҳәм Франция мәмлекетине экспорт етилмекте.
Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Нөкис районы ҳәкимлигиниң баспасөз хызметлериниң биргеликте өткерген пресс-турының кейинги мәнзили райондағы палыз өнимлерин (қаўын, ғарбыз) жетистириўши фермер хожалықлары болды.


“Қудеков Жадигер” ЖШЖ Нөкис районында қаўын ҳәм ғарбыз жетистириў бойынша алдыңғы хожалықлардың бири болып есапланады. Быйыл бул хожалық 10 гектар майданда қаўын ҳәм ғарбыз жетистирип, жоқары зүрәәтлиликке еристи. Район фермерлери базарда өз өнимлери менен бириншилерден болып пайда болды. Олардың мийнетиниң нәтийжесинде зүрәәттиң 100 тоннасы Қазақстан Республикасына экспорт етилди. Бул тек ғана хожалықтың емес, ал пүткил Қарақалпақстанның экономикалық раўажланыўына қосқан үлеси десек, асыра айтқан болмаймыз.
Ҳәзирги ўақытта атызларда зүрәәтти жыйнап алыў жумыслары қызғын даўам етпекте.
Хожалық тек ғана қаўын ҳәм ғарбыз бенен шекленип қалмаған. Хожалықтың 13 гектар жеринде алма ҳәм алмурт, 7 гектарында жүзим нәллери тәрбияланбақта. Бул мийўелер де ҳәр жылы Қазақстан ҳәм Россияға экспорт етиледи. Бул олардың өнимлеринин сапалы екенин ҳәм халықаралық базарда бәсекиге шыдамлылығын көрсетеди.


Пресс-тур даўамында журналистлер “Қудеков Жадигер” ЖШЖның табыс сырлары менен танысып қызықтырған сораўларына жуўап алды. Бундай илажлар аўыл хожалығын раўажландырыў, алдыңғы тәжирийбелерин кеңнен ен жайдырыў ҳәм фермерлерди қоллап-қуўатлаўда үлкен әҳмийетке ийе, әлбетте.
Пресс-тур қатнасыўшыларының кейинги мәнзили райондағы Дән ҳәм салы илимий өндирислик бирлеспесиниң атызлары болып, районда әмелге асырылып атырған салыны тамшылатып суўғарыў бойынша инновациялық жойбар менен танысты. Жойбар шеңберинде 5 гектар майданда салыны тамшылатып суўғарыў технологиясы Израиль ҳәм Германия мәмлекетлериниң ең алды технологиялары тийкарында тәжирийбе ретинде сынақтан өткерилмекте.
Ҳәзирги ўақытта жойбардың ҳәм жер майданының сызылмалары ислеп шығылып, суўғарыў үскенелери орнатылды ҳәм салы егилип, тәжирийбе жумыслары алып барылмақта.


Дән ҳәм салы илимий өндирислик бирлеспеси тәрепинен бул жойбар арқалы 5 гектар майданда тамшылатып суўғарыў технологиясы тийкарында салы жетистириў тәжирийбеси өткериледи. Жойбар нәтийжесинде суўды үнемлейтуғын технологиялар тийкарында салы жетистириў бойынша қолланбалары ислеп шығылады ҳәм келешекте тәжирийбе майданларын кеңейтиў режелестирилген.
Бул жойбар Қарақалпақстанда суў ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыўға, салы жетистириўде жаңа технологияларды енгизиўге ҳәм аграр тараўын раўажландырыўға хызмет етеди.
Пресс-турдың кейинги мәнзили “Тақыркөл” аўылында жайласқан “Диана Мардана” фермер хожалығы болды. 2005-жылы Амангул Алламбергенова тәрепинен шөлкемлестирилген бул хожалықтың 10 гектарында бағлар, бийдай ҳәм палыз егинлери жетистириледи. Пиллекешлерге жәрдем бериў мақсетинде 3 гектар тут бағы шөлкемлестирилген. Қаўын өнимлери Қазақстанға экспорт етиледи. Сондай-ақ, А.Алламбергенова 30 қуты пал ҳәрреси бағады ҳәм 15 адамды турақлы, мәўсимде болса 10-15 адамды қосымша жумыс пенен тәмийинлейди.
Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.