Балалардың жазғы дем алысы мазмунлы өтпекте

Өсип киятырған жас әўладты кәмил инсан етип тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўин тәмийинлеў, оқыўшылардың робототехника, мехатроника, инженерлик, ментал арифметика, көркем өнер, арт дизайн, мәлимлеме технологиялары бойынша Java, Scratch, 3D дизайн бағдарларына болған қызығыўшылығын арттырыўда аймақларда жумыс алып барып атырған Бәркамал әўлад балалар мектеплериниң тутқан орны ҳәм атқарып атырған хызмети айрықша.

Усындай мектеплерде жумыс ислеўши педагог-хызметкерлердиң балаларымыздың жазғы дем алыс ўақытларын мазмунлы өткериўге қосып атырған үлесин мақтаныш пенен айтып өтсек болады.
Бозатаў районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы Бәркамал әўлад балалар мектеби де усындай тәлим дәргайларының бири болып табылады.
2020-жылы ашылған бул мектепте ҳәзирги ўақытлары 20 дөгерек болып, оларға 500 ден аслам оқыўшылар қамтып алынған.

-Оқыўшыларымыз пишиў-тигиў, мийирбийкелик иси, кестешилик, экодизайн ҳәм интерьер, флористика ҳәм фауна, химия, инглис тили, логика ҳәм ойынлы математика, шахмат-шашка, стол тенниси, волейбол, қуўыршақ театры, моншақлы безек, комьпютер графикасы ҳәм дизайн, роботехника ҳәм конструкторлық дөгереклерине қатнасып, өзлериниң билим ҳәм өнерлерин жетилистирмекте,-дейди мектеп директорының орынбасары Зухратдин Сәрсенбаев.-Сондай-ақ, мектебимиздиң Еркиндәрья, Көксуў ҳәм Аспантай аўыл пуқаралар жыйынларында да тармақ бөлимлери турақлы ислеп тур.

Әҳмийетли тәрепи сонда, бул мектепте 100 ден аслам кем тәмийинленген шаңарақлардың балалары өзлери қызыққан пән, спорт ҳәм өнер дөгереклери бойынша сабақларға қатнасып, устазларынан заман талабына сай тәлим алмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.