Халықтың ҳуқықый мәденияты арттырылмақта

Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының тергеў судьясы Д.Юсупова тәрепинен райондағы «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйыны имаратында аймақ турғынларының қатнасыўында ушырасыў ҳәм көшпели суд мәжилиси шөлкемлестирилди.
Илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Коррупцияға қарсы маўасасыз мүнәсибетте болыў орталығын жаратыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда коррупциялық факторларды кескин азайтыў ҳәм онда жәмийетшиликтиң қатнасыўын кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының әҳмийетин түсиндириўге бағышланды.

Ушырасыўда тергеў судьясы Д.Юсупова тәрепинен пуқараларға «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамының әҳмийети, мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди. Атап өтилгениндей, бул Нызам коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының бирге ислесиўин беккемлеў ҳәм халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға қаратылған.
Илаж даўамында коррупцияға қарсы гүресиўдиң тийкарғы принциплери – нызамлылық, пуқаралар ҳуқықларының үстинлиги, ашық-айдынлық, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң бирге ислесиўи, профилактикалық илажлардың нәтийжелилиги, жуўапкершиликтиң бар екенлиги сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, өткерилген илаж даўамында Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясы (майдабийзарылық) бойынша 9 шахсқа қарата ис көрип шығылып, олардан 5 шахсқа ҳәкимшилик қамақ, 4 шахсқа ҳәкимшилик жәрийма жазасы тайынланды.
Усылар менен бир қатарда, 59-2-статьясы 2-бөлими (шаңарақлық зорлық), 41-статья (ақыретлеў) ҳәм 52-статья 2-бөлими (жеңил дене жарақатын жеткериў) бойынша да ис материаллары көрип шығылып, нызамлы жазалар тайынланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги