Мәденият тараўын раўажландырыў мәселелери үйренилди

Өзбекстан Республикасы мәденият министриниң орынбасары М.Мажидов хызмет сапары менен Төрткүл районына барды. Сапардан тийкарғы мақсет – мәденият орайларының жумысы, мәденият ҳәм көркем өнер тараўына байланыслы машқала ҳәм кемшиликлерди үйрениў және оларға шешим табыўдан ибарат болды.

Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, хызмет сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы мәденият министриниң орынбасары М.Мажидов, Қарақалпақстан Республикасы мәденият министриниң биринши орынбасары Б.Аллаков ҳәм Төрткүл районы мәденият бөлиминиң баслығы Б.Худайшукуровлардың қатнасыўында райондағы бир қатар мәденият орайлары ҳәм балалар музыка мектеплериниң жағдайы үйренилди, олардың материаллық-техникалық базасы, тәлим-тәрбия процесслери ҳәм жумыс нәтийжелилиги көзден өткерилди.
Сапар етиў мәденият тараўын буннан былай да жетилистириў, бар имканиятлардан үнемли пайдаланыў, дөретиўши жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм мәденият мәкемелерин заман талапларына сәйкес түрде раўажландырыўға хызмет етеди.

Бул сапар етиў районда мәденият ҳәм көркем өнер тараўында әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары дәрежедеги итибар бар екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги