Бурынғы Әндижан аўылындағы мектеп кеңейтилмекте

Бозатаў районы орайында жайласқан 2-санлы улыўма орта билим бериў мектеби посёлкадағы ең дәслепки оқыў дәргайларының бири болып, бул мектепте елимизге белгили илимпазлардан филиология илимлериниң докторы, профессор Шамшетдин Әбдиназимов, шайыр ҳәм илимпаз, филиология илимлериниң докторы Пердеғалий Дабылов, биология илимлериниң докторы, профессор Якуб Аметов ҳәм басқа да белгили инсанлар оқып билим алған.
Ең дәслеп бул жерде район ашылмастан бурын «Әндижан аўыл» деген елат болып, аймақта тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланыўшы хожалықлар жасап, турмыс кеширген.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде жаслардың тәлим-тәрбиясына қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжесинде, бул билимлендириў орны да заманагөй түрге енип, балалардың заман талабына сай оқып билим алыўы ушын көплеген қолайлықларға ийе болды. Атап айтқанда, 2009-жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары тийкарында, мәмлекетлик бағдарлама бойынша мектептиң ески имараты бузылып, оның орнына 180 орынлық жаңа мектеп ҳәм спорт зал қурып берилди.

Бирақ, аймақта халық санының өсиўи менен мектепте оқыўшылар саны артып, оқыў дәргайында сабақлар еки мезгилде өтилетуғын еди.
-Халқымыздың елимиз басшыларына ислеген мүрәжатлары инабатқа алынып, Президентимиздиң арнаўлы қарары менен быйылғы жылы мектепке 96 оқыўшыға мөлшерленген жаңа оқыў имараты қурып берилмекте,-дейди усы мектеп директоры Сансызбай Сейтмуратов.-Жаслардың тәлим-тәрбиясына қаратылып атырған аталарша ғамқорлық ушын ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев ҳәм республикамыз басшыларына үлкен рахмет айтаман.
-Қурылыс жумысларын 24-июнь күни басладық,-дейди «Ходжа строй» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Жумамурат Ходжаев.-Мектеп қурылысы ушын арнаўлы жойбар тийкарында 561млн сум қаржы ажыратылып, ҳәзирги күнлери тырнағын қалаў жумыслары алып барылмақта. Несип етсе, қурылыс жумысларын жаңа оқыў жылына шекем жуўмақлап, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырамыз.

Ҳақыйқатында, ҳәзирги күнлери аймақ халқының қуўанышына себеп болған мектеп қурылысы жумыслары қызғын жүргизилмекте. Бул жумысларға арнаўлы техника, механизм ҳәм усталар тартылып, олар ўақыт пенен санаспастан жумыс ислемекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.