Мойнақтың кешеги ҳәм бүгинги көринислери (+видео)

163

Орайлық Азияның өткен әсирдеги ең қайғылы ҳәдийсеси Арал теңизиниң қурыўы ҳәм оның ақыбетинде регионда жүзеге келген экологиялық жағдай пүткил инсаниятты үлкен тәшўишке салды. Бул темада дүнья жәмийетшилиги ҳәм елимиз жәмийетшилиги жар салды, жоқары дәрежедеги минберлерден көп мәрте айтылды.

Бүгинги күнде де бул тема әҳмийетлилигинше бәрқулла кең жәмийетшиликтиң додалаў орайында. Бул машқалаға және бир мәрте итибар қаратыў мақсетинде Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң басламасы менен Ташкент фотосүўретлер үйинде “Мойнақ: кеше, бүгин, ертең” деп аталған көргизбе шөлкемлестирилди. Онда Мойнақтың тарийхы, теңиз порты болған дәўирден баслап ҳәзирги күнге шекемги реформалары қамтып алынған бийбаҳа фотосүўретлерде сәўлелендирилген. Бул экспозиция арқалы тамашагөйлер өткен әсирдиң экологиялық апатшылығын жақыннан сезинеди, инсанның тәбиятқа тәсири себепли жүзеге келетуғын ақыбетлерди жақыннан көре алады.

Архив фотосүўретлерде Мойнақтың раўажланған дәўири сәўлеленген: Арал теңизи суўларының тынық реңлери, жылўасы, кеңлиги, балықшылардың бахытлы жүзи, ислеп турған заводлар, қулласы теңиз бойындағы қызғын турмыс өз көринисин тапты. Заманагөй фотосүўретлерде болса бүгинги Мойнақ бой тиклейди: бийик имаратлар, өзгерген тәбият көринислери, қумлар арасында қалған кемелер, усы жерлилердиң турмысы ҳәм жумыс барысы. Енди бул сүўретлерде кеўиллилик орнын қайғы, көтериӊкилик орнын тынышлық ийелеген.

Кейинги қатарлардағы фотосүўретлерде соңғы жыллары мәмлекетимиз басшысының басламасы менен басланған Аралбойын тиклеў жумыслары шеңберинде исленген реформалар, дөретиўшиликлер, халықтың турмыс абаданлығының өзгергени, жигит-қызлардың умтылыслары ҳәм қуўанышлы жүзлери реңли сүўретлерде сәўлелендирилген.

“Өзархив” агентлиги, Өзбекстан Кинофотофоно ҳүжжетлер миллий архиви тәрепинен усынылған бул сийрек ушырасатуғын фотосүўретлердиң барлығы терең мәниге ийе ҳәм оларды дыққат пенен бақлағаныңызда Мойнақ тек ғана Арал теңизи қурыўының аўыр ақыбетлеринен жәбир шеккен аймақ сыпатында емес, ал әлле қашан өзгерислер жүз берип атырған, келешекке исенимли қәдем қойған, турақлы раўажланыўға бет бурған ҳәм арзыў-нийетлер мәканына айлана баслаған регион сыпатында көз алдыңызға келеди.

умидлар маконига айлана бошлаган минтақа сифатида кўз олдингизда намоён бўлади.

Санжар Тошполатов, Нишонбой Абдувойитов, ӨзА