Алты айда 31 мың 303 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке кадастр паспорты таярланған

Қарақалпақстан Республикасында 2025-жылдың өткен 6 айы даўамында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы басқармасы және оның аймақлық филиаллары тәрепинен 31 мың 303 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке кадастр паспорты таярлап берилген. Бул ҳаққында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хабар берди.
Қосымша етилиўише, Қарақалпақстандағы 49 мың 443 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықлар мәмлекетлик дизимнен өткерилген.

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Републикасында жәми 476 мың 165 кадастр ҳүжжетлери архивлерде сақланбақта. Соннан, 474 мың 152 ҳүжжет электрон форматқа өткерилди.
– 2025-жылы Төрткүл, Беруний, Елликқала районларында заманагөй мобиль стеллажлар орнатылып, Нөкис қаласы, Мойнақ, Қоңырат, Елликқала районларында архив кадастр ҳүжжетлерин номерлер бойынша қайта тәртиплестириў жумысларын әмелге асырыў режелестирилмекте,-дейди Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бас қәнигеси Парахат Ажимуратов.

Өзбекстан Республикасының «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Нызамы 2024-жыл 8-ноябрьде күшке кирди.
Усы Нызамға муўапық, ҳуқықларды тән алыў жумысларын аймақлар, мәҳәллелер кесиминде басқышпа-басқыш хатлаўдан өткериў жолы менен әмелге асырыў белгиленген. Хатлаў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде Кадастр агентлиги тәрепинен «ETIROF» мәлимлеме системасы ислеп шығылып, хатлаў өткерилетуғын аймақлардың, мәҳәллелердиң реже-графиги тастыйықланды ҳәм жәрияланды.

Хатлаў жолы менен анықланған имарат ҳәм курылмалар ҳаққындағы мағлыўматлар «ETIROF» бағдарламасына киргизиледи ҳәм ҳәр бир көшпес мүлк объекти бойынша тийисли министрлик ҳәм уйымлардан дүзилген жумысшы топар жуўмақларын береди ҳәм жоқарыдағы имаратлар 2018-жыл 1-май ҳалатына қурылған яки курылмағанлығы бойынша космослық сүўретлер жәрдеминде анализленеди.
Усы нызам тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң арнаўлы қарары менен Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районларындағы өзбасымшалык пенен қурылған турақ жайлар ҳәм артықша ийеленген жер майданларында қурылған курылыс және имаратларға қарап, 24 пуқараның турақ жай ҳәм жер участкаларына ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынды.

Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилип, кадастр қәнигелери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында 36 мың 814 көшпес мүлк имараты хатлаўдан өткерилип, 12 566 объект «ETIROF» мәлимлеме системасына киргизилди.
Ал, 918 объект ҳақкындағы мағлыўматлар kadastr.uz сайтында ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары имаратларында жәрияланды. Сондай-ақ, 10 мың 466 объект ҳәзирги ўақытта додалаўда, ал 609 объект Әдиллик уйымлары тәрепинен үйренилмекте, 179 көшпес мүлк қайта көрип шығылмақта, 173 объект ийелериниң нызамда көрсетилген бир мәртелик төлемлерин төлеўи күтилмекте ҳәм 179 көшпес мүлк бойынша ҳуқықларын тән алыў ушын жергиликли кеңеслерге додалаўға киргизилген.

Мағлыўмат ушын, исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысларын әмелге асырыў ушын жәми 2754 жер участкаcы бағдарламаға киргизилген. Соннан, 408 жер майданы 29,97 гектар жер участкасы сатыўға қойылып, 90 жер участкасы реализацияланған.
Жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайын абаданластырыў ушын жер участкаларынан жәми 417 жер участкасы бағдарламаға киргизилген. Соннан, 45 си аукционда сатыўға шығарылған, ал 28 жер участкасы реализацияланған.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.