Сенат: Жаңа нызам финанслық алдаўшылықлардың алдын алыўға қаратылған

140

“Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлериниң жумысын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам менен төлем хызметлери базарында қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелерине анықлық киргизилмекте.

Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң мәжилисинде бул нызам көрип шығылды. Бул нызам финанслық алдаўшылықлардың алдын алыўға, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлериниң жумысын буннан былай да жетилистириўге, сондай-ақ, тутыныўшылардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам да көрип шығылды.

Бул нызам физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге ҳәм коррупциялық қәўип-қәтерлерди сапластырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Мәжилисте “Жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер ҳаққында”ғы нызам да додаланды. Әмелдеги нормаларды системаластырыў ҳәм бирдей етиў және унамлы сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, оларды толықтырыў зәрүрлиги жүзеге келип атырғаны айтып өтилди. Бул нызам мине усындай бослықларды сапластырыўға қаратылған.

Додалаў процесинде сенаторлар бул нызамлар келешекте төлем хызметлери базарында қәўипсизликти тәмийинлеўге ҳуқықый тийкар жарататуғынына итибар қаратты. Сондай-ақ, бул ҳүжжетлер тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўға ҳәм коррупциялық қәўип-қәтерлерди сапластырыўға қаратылғаны айрықша атап өтилди.

Додалаў жуўмағында комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА