Лифтлерди орнатыў ҳәм қадағалаў тәртиби күшейтилмекте

Кеше АОКАда өткерилген брифингте Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети мәлимлеме хызметиниң баслығы Бекзод Бердиев лифтлерди орнатыў тәртиби ҳәм қадағалаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Оның атап өтиўинше, бүгинги күнде көп қабатлы жайлар қала инфраструктурасының ажыралмас бөлегине айланып үлгерген. Олардағы лифт қурылмалары болса тек ғана ҳәрекет қуралы емес, ал инсанның қәўипсизлигин ҳәм күнделикли қолайлығын тәмийинлеўши әҳмийетли фактор есапланады. Сонлықтан, олардың сапасына, қәўипсизлигине ҳәм энергияны үнемлеўге үлкен итибар қаратылмақта.
2025-жыл 1-майдан баслап мәмлекетимизде “Ашық-айдын қурылыс” миллий мәлимлеме системасы шеңберинде “Қәўипсиз лифт” атамасындағы бирден-бир уйымлараралық электрон платформа жумысы жолға қойылды. Бул система Министрлер Кабинетиниң лифт үскенелеринен қәўипсиз пайдаланыў, сапа қадағалаўын күшейтиў ҳәм халық ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде енгизилген.
Енди жаңадан қурылып атырған көп квартиралы турақ жайлардағы лифт үскенелерин мәмлекетлик дизимнен өткериў тек ғана “Қәўипсиз лифт” платформасы арқалы әмелге асырылады. Егер бул талапқа әмел етилмесе, бундай имаратлар пайдаланыўға қабыл етилмейди.
– Платформада дизимнен өткен исбилерменлик субъектлери лифтлерге байланыслы барлық зәрүр ҳүжжетлер – сертификат, паспорт, акт ҳәм техникалық хызмет көрсетиўши шөлкем менен дүзилген шәртнамаларды жүклейди ҳәм электрон арза жибереди. Бул арза комитеттиң аймақлық бөлимине жиберилип, тийисли қәниге тәрепинен көрип шығылады. Қәниге ҳүжжетлер менен танысып, орнына шығып, локацияны белгилейди ҳәм талапларға жуўап берсе, қабыллаў түймесин басады. Егер белгиленген техникалық шәртлер, мәселен, бақлаў камерасы, еки тәреплеме даўыс узатқыш, диспетчерлик орайына жалғаныў ҳәм ARD қурылмасы болмаса, бийкарлаў түймеси басылады ҳәм арза автомат түрде буйыртпашыға қайтарылады.
Қабыл етилген жағдайларда болса ҳүжжетлер шөлкемимизге жиберилип, дизимнен өткериледи ҳәм буйыртпашыға QR-кодлы мағлыўматнама усынылады. Бул QR-код лифт кабинасында көзге көринетуғын жерде жайластырылыўы талап етиледи. Пуқаралар бул QR-кодты телефоны арқалы сканерлегенде, лифт үскенеси ҳаққындағы барлық мағлыўмат – орнатқан шөлкем, хызмет көрсетиўши компания, соңғы техникалық тексериў нәтийжелери ҳәм орнатылған сәнеси ҳаққындағы мағлыўматлар сәўлеленеди. Платформада лифтлерге хызмет көрсетиўши шөлкемлердиң реестри жүргизилип, олардың руқсатнамалары, әмел етиў мүддети ҳәм қәнигелери ҳаққындағы мағлыўматлар да киргизилип барылады, – деди Б.Бердиев.
Брифингте мәлим етилиўинше, келешекте бул платформа арқалы республикадағы барлық лифт үскенелерин реал ўақыт режиминде мониторинг етиў имканияты жаратылады. Ҳәзирги күнде Санаат, радиация ҳәм ядролық қәўипсизлик комитетиниң қатнасыўында лифтлер менен байланыслы жумыс алып барыўшы исбилерменлик субъектлериниң саны 103 тен 141 ге жеткерилген.
Сондай-ақ, тараў ушын зәрүр кадрлар таярлаў мақсетинде 286 қәниге Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанындағы “Мономарказлар”да оқытылыўы шөлкемлестирилген.
Исбилерменлик субъектлери ушын қолайлық жаратыў мақсетинде Комитеттиң қарамағындағы “Санаат қәўипсизлиги” мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикасы, Ферғана ҳәм Самарқанд ўәлаятларында өз филиалларын ашқан. Тараўда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм системалы илажлар лифт үскенелериниң техникалық жағдайын жақсылаў, қәўипсизликти тәмийинлеў, авариялардың алдын алыў, диспетчерлик хызметлерин раўажландырыў ҳәм толық мониторингти шөлкемлестириўге қаратылған.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзАның хабаршысы