Мийнет қатнасықларындағы мәселелер додаланды

156

Қарақалпақстан Республикасы судында «Пуқаралық ислери бойынша судларда мийнет тартысларын көрип шығыў ҳәм алдағы ўақытларда бундай келиспеўшиликлердиң алдын алыў илажлары» атамасында тийисли тараў ўәкиллери  ушын әмелий семинар шөлкемлестирилди.

Илаж мәмлекетлик уйымлар, кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде жумыс алып барып атырған юристлер ушын мөлшерленген болып, мийнет нызамшылығына әмел етиў, әмелде ушырасып атырған машқалаларды додалаў ҳәм суд әмелиятын жетилистириўге қаратылды.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Керимбаев жаңа редакцияда қабыл етилген Мийнет кодекси ҳәм ондағы ҳуқықый нормалардың әҳмийети, оларды әмелиятта дурыс қолланыў мәселелери ҳаққында сөз етти.

Атап өтилгениндей, пуқаралық ислери бойынша районлараралық судлары тәрепинен 2025-жылдың 6 айы даўамында мийнет қатнасықларына байланыслы жәми 551 пуқаралық иси көрип шығылған болып, ислердиң 328 и яғный, 59,5 проценти бойынша даўа арзалар қанаатландырылған. Жумысқа тиклеў ҳаққындағы даўлар бойынша көрилген 150 истиң 78 и ямаса 52 проценти бойынша жумыс бериўшилердиң буйрықлары нызамсыз деп табылып, хызметкерлер жумысқа тикленген.

Жумысқа тиклеў ҳаққындағы келиспеўшиликлер тараўлар (жуўапкер субъектлер) кесиминде талланғанда, 2025-жылдың 6 айында көрилген жумысқа тиклеў ҳаққындағы келиспеўшиликлердиң 34 и банк, 31 и мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлери, 19 ы денсаўлықты сақлаў системасындағы шөлкемлер, 9 ы ишки ислер уйымлары, 5 и суў тәмийнаты кәрханалары, 5 и бәнтликке көмеклесиў орайлары, 4 и мәденият бөлимлери, 3 и ҳәкимликлер ҳәм 40 ы басқа да мәмлекетлик уйымлардың үлесине туўра келеди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды судьялары Ж.Расулов ҳәм А.Аяпов, пуқаралық ислери бойынша судьялар, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси ҳәм басқа да жуўапкер уйымлардың ўәкиллери де шығып сөйлеп, мийнет қатнасықларында ушырасып атырған нызамбузыўшылық жағдайларын ҳәр тәреплеме таллады ҳәм өз-ара пикир алысты.

Атап айтқанда, хызметкерлерди жумыстан босатыўда белгиленген тәртиплерге әмел етилмей атырғаны, жумыс бериўшилер тәрепинен жумысшыларды басқа лаўазымға өткериўде рәсмийлестириўде кемшиликлердиң ушырасып атырғаны, мийнет шәртнамаларының нызамсыз түрде бийкарланыўы, кешиктирилип төленген мийнет ҳақы ушын суд арқалы компенсация өндириў сыяқлы жағдайлар додаланды.

-Өткерилген семинардың тийкарғы мақсети де мийнет тараўындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы қатнасықларда нызам үстинлигин тәмийинлеў болып табылады. Бул болса, өз гезегинде, мийнет қатнасықларында турақлылықты тәмийинлеў, тәжирийбе алмасыў, жаңа Мийнет кодекси нормаларын дурыс қолланыў ҳәм суд әмелиятын беккемлеўге хызмет етеди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Судының Мәлимлеме хызмети баслығы Гүлайым Ғаниева.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.