Ҳиндстанда ийт аўыл халқын таўдыӊ унырап қулаўынан қутқарып қалды

Ҳиндстандағы аўыллардан биринде ийт тынышсыз үрип, 67 адамды жүз берген таўдыӊ унырап қулаўынан хабарландырып, қутқарып қалды. Бул ҳаққында NDTV телеканалы хабар тарқатқан. Ҳәзирги күнлерде Ҳимачол–Прадеш штатында гүлдирмама менен бақланып атырған күшли муссон жаўыны да сел ҳәм тасқынға себеп болмақта. Ҳайўан ийесиниң айтыўынша, оның төрт аяқлы досты күшли жаўын ўақтында тосаттан қатты даўыс пенен үрген, кейин қорқынышлы улыған.
– Мен ийт үргенинен оянып кеттим, – деп деректиң сөзлерин келтирген телеканал. – Ийтке жақынласқанымда жайдың дийўалындағы үлкен жарықтан суў ағып кете баслағанын көрдим. Дәрҳал бирге төменге жуўырдық ҳәм ҳәммени ояттық.
Қулласы, еркек аўылласларын оятып, қәўипсиз жерге өтиўди мәсләҳәт еткен. Соннан кейин көп узамай аўылды сел басты.
– Манди районында ийт үргени қәўетерге салды, – дейди хабаршы. – Нәтийжеде 20 шаңарақтан 67 адам қәўипли аймақты тәрк етиўге үлгерди. Ҳәзир аўылда тек төрт-бес жай ғана көринип тур, қалғаны бүлгиншилик астында.
С.Раҳимов, ӨзА