Туқымлықлардың сапасын баҳалаў ушын QR-код системасы енгизиледи

186

Өзбекстанда туқымлықлардың сапасын баҳалаўдың жаңа системасы енгизиледи. Бул система арқалы ҳәр бир туқым қадақлары санлы QR-кодлы этикеткалар менен тәмийинленеди.

– Дийқан ҳәм фермер хожалықлары туқым сатып алғанда туқымлар сапасыз шыққаны дәлилленсе, туқымды сатқан кәрхана тәрепинен зыянды қаплаў бойынша миннетлеме белгиленди.

-Ендигиден былай, туқымлар ҳаққындағы барлық мағлыўматлар – сорт сыпатламасы, сортлылық ҳәм егислик сапалары, ислеп шығарыўшы ҳәм туқым ҳаққындағы зәрүр мағлыўматларды QR-код арқалы (смартфон жәрдеминде) оператив көриў имканияты пайда болады.

Өзбекстанда жаңа система шеңберинде туқымлықлардың сапасын баҳалаў бойынша “Аўыл хожалығы өнимлериниң сапасын баҳалаў орайы” бирден-бир ўәкилликли шөлкем сыпатында белгиленеди.

Жаңа система еки басқышлы баҳалаўды нәзерде тутады:

– биринши басқышта: туқымлардың сортлылық сапаларын баҳалаў;

-екинши басқышта: туқымлардың егиске қолайлылық сапаларын баҳалаў.

Онда, туқымнан пайдаланыўшылар туқым сатып алыў ўақтында санлы QR-кодлы жарлығы бар екенлигин тексерип көриў арқалы сапасы кепилленген туқымға ийе болады.

Енди, барлық дийқан, фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери ушын жергиликли ислеп шығарыўшы ҳәм импорт етиўши субъектлердиң реестри, туқымлардың сапасын баҳалаў нәтийжелериниң рейтинги менен agroxizmat.uz рәсмий веб-сайты арқалы танысып барыў имканияты жаратылады.

Халықаралық тәжирийбеге сүйенип, жаңа система шеңберинде ISTA ҳәм OECD қағыйдалары бойынша нормативлик ҳүжжетлер бейимлестириледи.

Нәтийжеде, жаңа системаның енгизилиўи менен экспортқа қолайлы, сапалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди көбейтиў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге ерисиледи.

ӨзА