ШБШға ағза мәмлекетлердиң стандартластырыў тараўында бирге ислесиў мәжилиси болып өтти

142

Саўда байланысларын раўажландырыў Шанхай бирге ислесиў шөлкеми жумысының тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында тән алынады. Қытайдың Синдао қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң стандартластырыў тараўындағы бирге ислесиў мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң директоры Акмал Жуманазаров қатнасып, өз-ара әмелий бирге ислесиў жеделлескени, техникалық тәртипке салыў системаларын жақынластырыў ҳәм тариф емес тосқынлықларды басқышпа-басқыш сапластырыў мәселелерине итибар қаратты.

Ҳақыйқатында да, стандартластырыў тараўына заманагөй мәлимлеме технологияларын ҳәм жасалма интеллектти енгизиў, өнимлердиң сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўде базар қадағалаўын жолға қойыў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәселеси бәрқулла әҳмийетли  болып есапланады.

Елимиз ўәкиллери тәрепинен Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер менен тараў бағдарында көп тәреплемели әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған усыныс ҳәм басламалар алға қойылды, делинеди Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң мағлыўматында.

Илаж жуўмағына бола тараў бағдарларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратылған “Жол картасы”н ислеп шығыўға келисип алынды.

А.РУСТАМОВ,

ӨзАның хабаршысы