Бозатаўда өндирис кәрханалары көбеймекте

Соңғы жыллары Бозатаў районында исбилерменликти кеңнен раўажландырыў ҳәм оларға қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылып, халыққа хызмет көрсетиў ҳәм өндирис орынларын ашыў бойынша бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта.
Бозатаў посёлкасы турғынлары Қуўатбай Жуманазаров ҳәм Мийрас Жолдасбаевлар да мәмлекетимиз Президенти ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен өзлерине жаратылып атырған усындай қолайлы шараят ҳәм мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып келмекте.
Атап айтқанда, «Kuvvat Blok» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Қуўатбай Жуманазаров район аймағында пенаблокты ислеп шығарыўды жолға қойған болса, Мийрас Жолдасбаев «Toshloq Buzatov Mebellari» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин шөлкемлестирип, темирден стол ҳәм стуллар, ағаштан ҳәр қыйлы мебельлер ислеп шығара баслады.

-Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстанлы исбилерменлерге салық ҳәм электр энергиясы бойынша жаратып берген жеңилликлеринен пайдаланып, усы жылдың апрель айында кәрханамызды иске түсирдик,-дейди «Toshloq Buzatov Mebellari» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Мийрас Жолдасбаев.-Мине соннан берли кәрханамызда ҳәр қыйлы мебельлер таярланып, аймақ халқына жеткерип берилмекте.
-Бурын Нөкистеги Кушмаг ҳәм Кардар кәрханаларында, Қазақстан Республикасында жумыс ислеп, өнер үйрендим,-дейди «Kuvvat Blok» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Қуўатбай Жуманазаров.-Елимиз басшылары ҳәм район ҳәкимлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен жаңа кәрхана ашып, онда халқымыздың буйыртпасы тийкарында пенаблоклар таярлап атырмыз. Ҳәзирше жаман емес, жәмийетимизде 3 адамның жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленди. Бундай қолайлықларды жаратып бергени ушын Президентимизге үлкен рахмет айтамыз.
Сондай-ақ, Бозатаў районы ҳәкимлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен аймақ турғыны Илҳам Жумабаев та ҳәр қыйлы пластик өнимлерден акфа айналар ислеп шығарыў жумысларын кеңейтип, халыққа арзан ҳәм сапалы әйнеклер жеткерип бермекте.


«Талаплыға нур жаўар» деген усы болса керек.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.