Көшпели суд– сергекликке шақырады

Ҳуқықбузарлыққа қарсы гүрес – жәмийеттиң тынышлығы ҳәм раўажланыўы ушын тийкарғы факторлардан бири. Себеби, адамлардың тыныш ҳәм абадан турмыс кешириўи, бәринен бурын нызам үстинлиги ҳәм жәмийетлик тәртиптиң тәмийинлениўине байланыслы. Әне усы мақсетте соңғы жыллары елимиз аймақлары бойлап көшпели суд мәжилислери өткерилмекте. Өткерилип атырған суд процесслери халыққа тек ғана нызамлы жаза қолланыў емес, ал профилактикалық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Усындай көшпели суд мәжилислериниң гезектегиси Беруний районындағы Бостан мәкан пуқаралар жыйынында өткерилди. Мәжилисти жынаят ислери бойынша Беруний районы судының тергеў судьясы Ибрайым Алланиязов басқарып барды.
Онда Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске муўапық, ҳәр қыйлы ҳуқықбузарлықлар ислеген 14 шахстың иси көрип шығылды.

Суд процесинде айыбын тән алып, ислеген қылмысына шын кеўилден пушайманлық билдирген шахсларға ескертиў ҳәм жәрийма тайынланды. Бирақ, өз қылмысын толық аңлап жетпеген ҳуқықбузарларға нызамшылықта нәзерде тутылған қатаң жаза илажлары қолланылды.
Суд мәжилиси даўамында тек ғана ҳуқықбузарлықлар менен байланыслы ислер көрилип қоймастан, аймақ турғынларының қатнасыўында ҳуқықый түсиндириў жумыслары да алып барылды. Буның нәтийжесинде пуқаралар, әсиресе, жаслар нызам алдында ҳәмме жуўапкер екенин ҳәм ҳәр қандай ҳуқықбузарлық жазаға себеп болыўы мүмкин екенлигин өзлери түсинип жетти.
Бундай ашық көшпели судлар – сергеклик сабағы. Ол тек ғана нызамбузыўшыға тийисли жаза белгилеп қоймастан, ал, басқаларға да сабақ болып хызмет етеди. Ең тийкарғысы – пуқараларда ҳуқықый мәдениятты арттырыўға, аймақларда тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеўге хызмет етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.