Мийнетиниң жемисин татқан бағман

170

«Жақсының жақсысын айт, ийманы тассын» дегениндей аты пүткил Бозатаў районына кеңнен мәлим болған Толыбай аға Дәўлетов көп жыллар даўамында аўыл кеңес ақсақлы ҳәм мектеп директоры болып елге хызмет иследи.

Районның социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўына қосқан салмақлы үлеси, билимлендириў тараўында ислеген пидайы хызметлери ушын республикамыз ҳүкимети тәрепинен ылайықлы сыйлықланып, бир қатар атақ ҳәм орденлер ийесине айланды. Өмирлик жолдасы Гүлзар апа менен биргеликте 4 ул, 2 қыз тәрбиялап, халық қатарына қосты. Перзентлери де ата-анасы жолынан барып, халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли хызмет етип, өзлериниң балаларын да Ўатанға садық инсанлар етип тәрбияламақта.

Үлкен шаңарақта қалған Толыбай ағаның генже улы Ҳилалатдин де жоқары оқыў орнын тамамлағаннан соң, экономика ҳәм финанс тараўында көп жыллар бойы жемисли хызмет етип, зайыбы Лизахан Тәжимуратова менен биргеликте 4 перзентти тәрбиялап камалға келтирмекте.

-Әкемиз бизлерди кишкене гезлеримизден баслап ҳадал мийнет ислеўге, жасы үлкенге ҳүрмет, жасы кишиге иззет көрсетиўге үйретти,-дейди Ҳилал аға.-«Жақсыдан бағ қалады» дегениндей, өзинен жақсы ат қалдырыў мақсетинде, әкемиз жумыстан бос ўақытлары дийқаншылық ҳәм бағшылық пенен шуғылланар еди. Оның қасында жүрип дийқанышылық ҳәм бағшылықтың әлўан түрли сырларын үйрендик. Ағамнан қалған бурынғы бағ қартайғаннан соң, оның орнына 2019-жылы Кегейлидеги Жүзимзар елатынан ҳәр қыйлы мийўе ҳәм жүзим нәллерин алып келип ектим. Мине бир еки жылдан бери, олар мийўалап, бала-шаға, ағайин-туўған, қоңсы-қобаларды бағдың жемиси менен тәмийинлеп отырмыз.

Ҳақыйқатында 94 сотых жер майданына ийе Ҳилалатдин аға Дәўлетов 70 сотыхтан аслам жерине бағ егип, халқымыз дастурханын ҳәр қыйлы мийўе ҳәм жүзим жемислери менен толтырып келмекте. Бул жумысларда оларға перзентлери Илҳам ҳәм Саламатлар қолқанат болып жүр.  «Мийнет түби-рәҳәт» деген усы болса, керек.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.