Гастротуризм Бунёдкор көшесиниң пайызлылығын арттырды

640

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласындағы қурылыс жумыслары, халықтың турмыс шараятлары, санаат кәрханаларының жумысы менен таныспақта.

Бул ретки бағдар Шайхантоҳур ҳәм Чиланзар районларын қамтып алды. Оларды Бунёдкор көшеси байланыстырып турады. Бул орайлық көшеде көркем өнер ҳәм мәденият орайлары, ҳәр қыйлы офислер, көп қабатлы турақ жайлар, супермаркет ҳәм ресторанлар жайласқан. Бул потенциалдан пайдаланып, оның 1,5 километр бөлеги хызмет көрсетиў ҳәм гастротуризм көшесине айландырылды.

Мәмлекетимиз басшысы жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге бул жердеги шараятларды көзден өткерди.

Жол бойы абаданластырылған. Әжайып ландшафт дизайны, фантанлар, ҳәр қыйлы шырақлар аймаққа және де көрик бағышлаған. Адамлардың сейил етиўи, аўқатланыўы, мазмунлы дем алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Усы мақсетте бул жердеги 90 исбилерменлик субъекти күни-түни жумыс ислеў тәртибине өткерилди. Соннан 45 кәрхана жаңадан шөлкемлестирилди. 500 адам жумыс пенен тәмийинленди.

Көшеге тутас аймақтағы Камолон, Жаңа Камолон ҳәм Камолон дәрўаза мәҳәллелеринде 18 мыңға шамалас халық жасайды. Бул өзгерислер, бәринен бурын, усы инсанлардың турмысында сезиледи. Қалаберсе, ҳәзир бул жерге жылына 255 мың мийман келмекте. Енди олардың санын жылына 1 миллионға жеткериў ушын шараят бар.

Соңғы жыллары елимизде туризм тараўында 2 мыңнан аслам жаңа исбилермен жумыс баслады. Өткен жылы сырт елли туристлердиң келиўи биринши мәрте 10 миллионнан асты. Аймақларда саяхат ҳәм сервис инфраструктурасы жақсы раўажланбақта. Туризм аўыллары, мийман үйлери, гастрономиялық көшелер қоллап-қуўатланбақта.

Пайтахтымыздың Мирабад, Алмазар, Чиланзар, Яккасарай, Янгиҳаёт районларында усындай ҳәрекети көп көшелер шөлкемлестирилген. Бунёдкор көшеси усы туризм айланбасының бир бөлеги болады. Улыўма, Ташкент қаласында 26 көшени күни-түни ислейтуғын ҳәрекетли көшеге айландырыў, 24 саат ислейтуғын саўда шақапшаларын мыңға көбейтиў режелестирилген.

Бул жерде заманагөй бәндиргилер ҳәм автомобиль туратуғын орынлардың презентациясы болып өтти.

ӨзА