Россия Украина тәрепине ири ҳаўа ҳүжимин шөлкемлестирди

130

АҚШ президенти Дональд Трамп Киевке көбирек әскерий жәрдем бериўге ўәде бергенинен бир неше саат өтип, РФ Украина тәрепине дронлар ҳәм баллистикалық ракеталар менен соққылар жоллады. Бул ҳаққында “CNN” басылымы жазбақта.

Хабарда атап өтилиўинше, Россия Украина тәрепине жәми 728 дрон ҳәм 13 ракета ушырған. Украина әскерий ҳаўа күшлери 718 дрон урып түсирилгенин мәлим етти.

– Ҳаўа ҳүжими ақыбетинде Киев қаласындағы турақ жайлар, автомобильлер, қоймаханалар, офис ҳәм турақ жай емес имаратлар өртенип кетти, – деди Киев қаласы әскерий ҳәкимшилигиниң басшысы Тимур Ткаченко. – Ақыбетинде еки адам қайтыс болды, 14 адам жарақатланды.

Ол сондай-ақ, пайтахттың алты районында ҳүжим ақыбетлери дизимге алынғанын ҳәм қалада ҳаўа патасланыўы күшейгени себепли халықтан өз үйлериниң айналарын ашпаўын сораған.

– Бул ҳүжим тынышлыққа ерисиў ҳәм оқ атыўды тоқтатыўға болған ҳәрекетлерди бийкарға шығармақта, – деди Украина жетекшиси Владимир Зеленский. – Жақында Россия Украина тәрепине 18 баллистикалық ракета ҳәм шама менен 400 дрон ушырған еди. Ҳүжим дерлик он саат даўам етти. Руслардың тийкаргы нышаны пайтахт Киев болган.

Сырт ел ғалаба хабар қуралларында айтылыўынша, Украина батысындағы Хмелницкий қаласында бир пуқара дрон ҳүжими нәтийжесинде қайтыс болған.

Ў.Алимов, ӨзА