Абу-Дабиде аэротакси сынақлары басланды

Технологиялық раўажланыў ҳаўа транспорт қуралларын ҳақыйқатқа айландырмақта. Бирлескен Араб Әмирликлери пайтахты Абу-Даби қаласында биринши мәрте аэротаксилер сынақтан өткериле басланды. Бул жойбар үстинде ислеп атырған Archer Aviation компаниясы өзиниң биринши электр ҳаўа транспорт қуралы – Midnight атлы аэротаксиди сынақ режиминде ушырды. Пәрўазлар Абу-Дабидиң Ал-Батин аэропортында әмелге асырылмақта.
Archer Aviation тәрепинен социаллық тармақларда берилген рәсмий билдириўге бола, сынақлар табыслы өтпекте ҳәм бул басқыш – аэротаксилерди коммерциялық мақсетлерде пайдаланыўға таярлаў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады. Midnight модели толық электр энергиясында ислейди, вертикал түрде көтерилиўи ҳәм қоныўы мүмкин, бул болса оны әсиресе қалаларда қолайлы етеди. Оның максимал тезлиги саатына 240 километрге жететуғыны, ушыў аралығы болса 160 километрди қурайтуғыны айтылмақта.
Абу-Даби ҳүкимети усы технологияны енгизиў арқалы қала транспортындағы жүклемени азайтыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм келешекте ҳәрекетлениўдиң және де тез ҳәм қолайлы түрлерин усыныўды мақсет еткен. БАӘ, атап айтқанда, Дубай ҳәм Абу-Даби қалалары, жасалма интеллект, автоном транспорт ҳәм “ақыллы қала” жойбарлары арқалы инновациялар орайына айланыўды мақсет етпекте.
Сондай-ақ, Archer Aviation ҳәм Абу-Даби Транспорт басқармасы арасында дүзилген келисимлерге бола, жақын жылларда аэротаксилерди турақлы жолаўшы тасыў хызметине енгизиў режелестирилген. Бул болса БАӘны ҳаўа такси хызмети бойынша дүньядағы биринши жетекши мәмлекетлерден бирине айландырыўы мүмкин.
Технология қәнигелериниң пикиринше, аэротаксилер тезлик, ўақытты үнемлеў ҳәм экологиялық тазалығы менен дәстүрий жер үсти транспорт қуралларына күшли альтернатив болыўы күтилмекте. Олар әсиресе, тығылыс көп болған мегаполислер ушын нәтийжели шешим сыпатында қаралмақта.
Мадинабону Насриева, Анвархўжа Аҳмедов, ӨзА