“Nvidia” тарийхта биринши болып капиталын 4 триллион долларға жеткерди

138

Американың графикалық процессор ислеп шығарыўшысы  “Nvidia”  базар баҳасы 4 триллион доллардан асқан тарийхтағы биринши компанияға айланды. Бул ҳаққында ТАСС жазған.

“Trading View”  рейтингине бола, бул көрсеткиш 9-июль күнги саўда жуўмағында белгиленген.

Америка “NASDAQ”  фонд биржасында жәмәәт баҳалы қағазларының баҳасы 164,74 долларға (+2,34 процент) көтерилди.

“Nvidia” дүнья базарындағы ең қымбат мәмлекетлик компаниялар рейтингинде жетекши есапланады. Дүньяның жетекши компаниялары рейтингинде екинши орынды ийелеген  “Microsoft”  корпорациясының 502,26 доллар (+1,14 процент) лик капитал үлеси баҳасы 3,73 триллион долларға тең.

1993-жылы шөлкемлестирилген, графикалық процессор ҳәм басқа түрдеги чиплер ислеп шигарыўшы “Nvidia”  технологиялық компаниясы резиденциясы Санта Клара (Калифорния)да жайласқан. Кәрхана қолланбалары жасалма интеллект, видео ойынлар ҳәм автомобиль қурылысы санаатында кеңнен тарқалған.

С.Раҳимов, ӨзА