Орайлық Азия регионаллық экология орайы менен бирге ислесиў және де беккемленеди

129

Экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелеринен. Бул бағдарда бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў айрықша әҳмийетке ийе.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясы, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитети, Климат өзгериўи ақыбетлерин азайтыў ҳәм “жасыл” экономикаға өтиўди жеделлестириў мәселелери бойынша комиссиясы ўәкиллериниң Орайлық Азия регионаллық экологиялық орайы (CAREC) атқарыўшы директоры Батыр Маммедов басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиў алдынан делегация ағзаларына жаңа редакциядағы Конституция ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар шеңберинде мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Делегация ағзалары Өзбекстанда қоршаған орталықты қорғаў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды тән алған ҳалда мәмлекеттиң тек ғана регионда емес, ал халықаралық көлемде глобал экологиялық машқалалардың алдын алыўдағы қатнасын жоқары баҳалады.

Сондай-ақ, ушырасыўда Европа Аўқамының SWITCH-Asia бағдарламасы шеңберинде CAREC тәрепинен әмелге асырылып атырған Орайлық Азия парламентлериниң өз-ара бирге ислесиў платформасын қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа баслама басланғаны мәлим етилди.

Ушырасыў даўамында экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарында бирге ислесиўди раўажландырыў, айланба экономика принциплерин Орайлық Азия мәмлекетлериниң миллий нызамшылығына бейимлестириў мәселелери додаланды. Бул бағдарда өз-ара бирге ислесиўди Орайлық Азия регионаллық экологиялық орайы менен және де беккемлеўге келисип алынды.

М.Комилова,

 ӨзА