Бәнтликти тәмийинлеўге қаратылған әмелий илаж

Жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, оларды социаллық белсендиликке тартыў бүгинги күнде мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Усы мақсетте орынларда түрли әмелий илажлар, соның ишинде, мийнет ярмаркалары турақлы шөлкемлестирилмекте.
Төрткүл районы прокуратурасының басламасы менен жумыссыз ҳәм жәмлеспеген жасларды жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде гезектеги “Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы” шөлкемлестирилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Илажда район прокуратурасы, Жаслар ислери агентлиги ҳәм мәҳәлледеги жаслар менен ислесиўге жуўапкер шөлкем ўәкиллери қатнасты. Бул ярмаркада ҳәр қыйлы кәрхана ҳәм шөлкемлер өзлериндеги бар бос жумыс орынлары менен қатнасты.
Жаслар ярмарка процесинде өзлерине мақул болған вакант лаўазымлар бойынша таңлаўда қатнасыў ҳәм жумысқа орналасыў ушын жолламаларды қабыл етип алды.

Шөлкемлестирилген бул мийнет ярмаркасы район жасларын жумыс пенен тәмийинлеў, олардың бәнтлигин арттырыў ҳәм турмысқа жедел тартыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги