Мойнақта ири жойбарлар әмелге асырылмақта

141

Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районындағы мәҳәллелердеги турақ жайлардың төбесин оңлаў, жасаў ушын жарамсыз ҳәм авариялық жағдайдағы турақ жайларды жаңадан қурыў жумыслары системалы түрде әмелге асырылмақта.

Буның ушын қабыл етилген тийисли қарар тийкарында 14,6 миллиард сум ажыратылған қаржы есабынан 12 мәҳәлледеги жәми 793 турақ жайды оңлаў ҳәм қайта қурыў жумысларын әмелге асырыў белгиленген. Бул объектлерге бириктирилген жойбарлаўшылар тәрепинен орынларға барып, тийисли тәртипте үйренилди. Ҳәзирги ўақытта биринши басқышта Мойнақ районы ҳәкимлиги менен жәми 320 жайдыӊ төбесин оңлаў ушын ҳәм 61 жаңадан турақ жайларды қурыў ушын келисип алынды.

– Буннан тысқары, Мойнақ районында Ташкент ўәлаятының жәрдеминде кең көлемли инвестициялық жойбарлар да әмелге асырылмақта, – дейди Ташкент ўәлаяты ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Отабек Турсунов. Соның ишинде, және 320 миллиард сумнан аслам 3 ири жойбардың әмелге асырылыўы белгиленген.

Атап айтқанда, “Muynak Sulfat Group” ЖШЖ тәрепинен “Таллы Өзек” МПЖдағы киши санаат зонасынан 2 гектар жер майданы аукцион арқалы сатып алынған. Соның менен бирге, 100 гектар шийки зат кәни (карьер) ажыратып берилген. Ҳәзирги күнлерде жер тегислеў ҳәм қурылыс жумыслары басланған. Сондай-ақ, “Vishe Krishi Tashkent” ЖШЖға 5 гектар жер ажыратылған. 11,5 миллиард сумлық биринши басқыш инвестициясы өзлестирилип, туризм объекти қурып питкерилген. Буннан тысқары, және бир исбилерменлик субъекти болған “Olmaliq Moʻynoq Quruvchi” ЖШЖ басшылығына жәми 49,3 гектар жер майданы жойбар ушын ажыратылған.

Ташкент ўәлаятынан келип атырған бундай инвестициялар тек ғана Мойнақ районының экономикасына емес, ал улыўма регионаллық раўажланыўға да үлкен түртки беретуғыны сөзсиз. Жойбарлар турақлы қадағалаў астында болып, белгиленген мүддетлерде толық әмелге асырылыўы ушын барлық зәрүр илажлар көрилмекте. Бул болса Мойнақ районында жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, инфраструктураның жақсыланыўы ҳәм туризм, санаат және аўыл хожалығы тараўларында жаңа имканиятларды ашып береди.

А.Мусаев, ӨзА