Орайлық Азия – Қытай форматы Шығыс ҳәм Батысты байланыстырмақта

Америка Қурама Штатлары региондағы қатнасыўын азайтып атырған, Россия Украина менен келиспеўшиликтиң ақыбетин ойлап атырған, Европа Аўқамы болса қысқа форматлар усыныс етип атырған бир шараятта Қытай стратегиялық ҳәм избе-из жол таңлаған.
“Орайлық Азия – Қытай” форматының басқа да, атап айтқанда, әмелге асырыў бойынша қатаң механизмге ийе болмаған дипломатиялық қабықтан шыға алмай атырған С5+ платформаларынан айырмашылығын институционаллық ҳәм шәртнамалық тийкарға ийе екенлиги менен түсиндириў мүмкин.
Бүгин халықаралық бирге ислесиў мәселеси көтерилгенде, тема тек ғана саўда-сатық пенен шекленбейди. Биргеликтеги санаат жойбарлары, “жасыл” энергетика, санластырыў, технологиялар трансфери ҳәм билимлендириў платформаларын жаратыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер де күн тәртибине шығады.
Мәселен, Қазақстан 2026-жылды “Орайлық Азия – Қытай форматында билимлендириў ҳәм илим жылы” деп жәриялаў усынысын киргизген. Өзбекстан болса инвестиция ҳәм саўда бойынша регионлараралық кеңес идеясын алға қоймақта.
Басқаша айтқанда, Қытай регионда тек жол ямаса заводлар қурыў емес, ал келешекке қарап исенимли қәдем тасламақта.
Қулласы, бүгин пүткил дүнья, соның ишинде, ең қүдиретли мәмлекетлер ҳәм регионлар Орайлық Азияға үлкен қызығыўшылық пенен қарамақта, деп айтыў мүмкин. Бул ҳақыйқатты бийкарлаўға болмайды.
Июнь айында Астана қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги саммит те бир қатар форумларды символикалық мәниде “келешек дийўалына қойылған еки гербиш” сыпатында түсиндириў мүмкин. Демек, енди Шығыс ҳәм Батыс тек теңиз емес, ал қурғақлық – Орайлық Азия арқалы да байланысады.
Турсунали Қўзиев, Өзбекстан Журналистика ҳәм
ғалаба коммуникациялар университети
ЮНЕСКО кафедраси профессори.