Таза жол жаслары жеңимпаз болды
131

Жаслар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм олардың физикалық шынығыўын жетилистириў мақсетинде, Шымбай районында «Әҳмийетли 90 күн» жойбары шеңберинде спорттың волейбол түринен жарыс болып өтти.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, Таза жол аўыл пуқаралар жыйын командасы биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Қостерек ҳәм Кеңес елатының жасларына несип етти.
Жарыс соңында, жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.