Халқымыздың әрманлары әмелге аспақта

Тәбияты гөззал, ҳаўа райы оғада жумсақ Бозатаў тоғайлары өзиниң рәңбәрең өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясы менен сырттан барған адамлардың дыққатын өзине тартып, ҳәр бир инсанның ойынан «қәнекей усы жерлерде бир-еки күн дем алып кетсең» деген әжайып қыял өтер еди.


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-октябрьдеги Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында халқымызды ойландырып киятырған бул мәселениң унамлы шешими табылып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында берилген тапсырмалар ҳәм кең түрде өткерилген 73-санлы мәжилис протоколына тийкарында Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйыны «Ақеден» елаты аймағынан жаңа «Санатория» объектиниң қурылысы белгиленди ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесине 7 гектар жер майданы ажыратылды.
-Объектте жойбар ҳүжжетлерине тийкарланып 6 қабаттан ибарат 200 орынлық жатақхана, асхана, клуб, емлеўши жабық бассейн, 2 хожалық ушын коттедж, сондай-ақ, дем алыўшылар ушын басқа да имаратларды қурыў белгиленген,-дейди «Касаба қурилиш таъмир» бөлим кәрханасының прорабы Шахриёр Жуманазаров.-Санаторияда дем алыўшылар тийкарынан физиотерапия ҳәм суў менен емленеди. Атап айтқанда, емлеў имаратында электр уйқы, дузлы хана, озонотерапия, электрофорез, лазеротерапия, магнитотерапия, УВЧ, дорсенвал, массаж ханалары бар. Суў менен емлеўде балшық пенен емлеў, шарко, парафин, суў асты массажы, минерал суўдан пайдаланылады. Бүгинги күнге шекем қурылыстың 80 процентлик жумыслары жуўмақланды.


Ҳәзирги ўақытлары 200 ден аслам қурылысшылар мийнет етип атырған бул объектте қызғын ислер алып барылмақта.
Ҳақыйқатында, инсан қәдири ҳәмме нәрседен үстин есапланған мәмлекетимизде Президентимиз басшылығында халқымыздың көп жыллардан бери ойлап киятырған әрманлары әмелге асырылмақта. Бозатаўдағы жаңа санаторияның халық ийгилиги ушын тапсырылыўы менен бул жерде 100 ден аслам адамлардың жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленип, онда жылына 6000 наўқастың денсаўлығы тикленеди.


Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.