Бозатаўлы нураныйлар футбол шеберликлерин көрсетти

128

 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 25-ноябрьдеги ПҚ-405-санлы қарары тийкарында, Бозатаў районы ҳәкимлиги ҳәм «Нураный» қоры районлық бөлиминиң шөлкемлестириўи менен аймақларда саламат турмыс тәризин енгизиў мақсетинде «Ғайратлы кекселер» сүрени астында мини-футбол бойынша жарыс болып өтти.

Өткерилген спорт жарысының ашылыў салтанатында сөзге Президент қарарының әҳмийетин кең түрде түсиндирип, жарысқа қатнасыўшы командаларға табыслар тиледи.

-«Ғайратлы кекселер» сүрени астында өткерилген спорт жарысына районымыздың бес аймағынан 5 команда қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести,-дейди «Нураный» қорының Бозатаў районлық бөлими баслығы Шәрибай Бердақов.-Бул жарыс нураныйлардың өз шеберликлерин көрсетиўине имканият жаратты.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, биринши орынды Бозатаў посёлкалық пуқаралар жыйыны командасы жеңип алыўға миясар болды.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар  Аспантай ҳәм Көк-суў аўыл пуқаралар жыйынларынан келген нураныйларға несип етти.

Өткерилген жарыс соңында жеңимпаз командалар «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.