Имтиханлар процеси жәмийетлик қадағалаўда

Алдын хабар берилгениндей, усы жылдың 8-июль күнинен баслап Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2025-2026-оқыў жылы ушын қабыллаў процесинде бакалавриаттың айрықша қәбилет талап етилетуғын тәлим бағдарларында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар болып өтпекте,-деп хабар бермекте НМПИ баспасөз хызмети.

Дене мәденияты, музыкалық тәлим, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарлары бойынша өткерилип атырған имтиханлардың белгиленген талаплар тийкарында әдил ҳәм ашық-айдын өтиўи Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, жәмийетлик шөлкемлер, сиясий партиялар, ғалаба хабар қураллары, соның менен бирге, тийисли министрлик ҳәм шөлкемлерден бириктирилген ўәкиллер тәрепинен қадағаланбақта.

Депутатлар абитуриентлердиң имтихан тапсырыўы, өз қәбилетлерин, таярлықларын көрсете алыўы, сондай-ақ, олардың ата-аналары ушын жаратылған шараятлар менен танысып, шөлкемлестириў жумысларына жоқары баҳа берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.