Мойнақ: кеше, бүгин, ертең

Ташкент фотосүўретлер үйинде “Мойнақ: кеше, бүгин, ертең” атамасында фотокөргизбе ашылды.
Жойбар Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Әдиллик министрлиги жанындағы “Өзархив” агентлиги, Өзбекстан Кинофотофоно ҳүжжетлери миллий архиви ҳәм Ташкент фотосүўретлер үйи менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Экспозиция тарийхый ҳәм заманагөй фотосүўретлерди бирлестирип, тамашагөйге жоғалған теңизден оның бурынғы жағысларында турмысты тиклеў бойынша әмелге асырылып атырған ҳәрекетлерге шекемги жолды көриў имканиятын береди.
Көргизбе Мойнаққа тек ғана Арал теңизи қурыўының аўыр ақыбетлеринен жәбир көрген аймақ сыпатында емес, ал онда әлле қашан өзгерислер жүз берип атырған, келешекке қәдем қойған аймақ сыпатында қараў имканиятын береди. Онда турақлы раўажланыў, жаңа шешимлер ҳәм үмитлер мәканына айлана баслаған регионға өзгеше көзқарас жәмленген.
Жойбар ҳақыйқый реформалар, ҳүжжетли тарийх ҳәм Өзбекстанның ең әҳмийетли аймақларынан бири болған Мойнақтың тәғдири менен қызыққан бәршени пикирлеўге шақыратуғыны анық.
Камола Юсупова,
ӨзА