Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар даўам етпекте

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2025-2026-оқыў жылы ушын айрықша талант талап етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиўде абитуриентлерге кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар даўам етпекте.
Бүгин «Сахна ҳәм көркем өнер драматургиясы», «Көркем өнер журналистикасы», «Драмалық театр ҳәм кино актёрлығы» «Бақсышылық ҳәм дәстаншылық», «Фольклор ҳәм этнография», «Қосық ҳәм ойын» сондай-ақ «Дәстүрий қосықшылық» тәлим бағдарлары ушын дөретиўшилик имтихан болып өтти.



Дөретиўшилик имтиханлардың ашық-айдын болып өтиўи ушын имтихан өткерилетуғын аудиторияларға арнаўлы камералар орнатылған болып, интернет тармағындағы https://kamera.uzdsmi-nf.uz/ мәнзили арқалы тиккелей бақлап барылмақта.


Еслетип өтемиз кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар усы жылдың 11-июль күнине шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.