Мол өним алыў режелестирилген

Аўыл хожалығында картошка ҳәм гешир жетистириў дийқанлар ушын тек ғана дәрамат дәреги емес, ал ишки базарды сапалы өнимлер менен тәмийинлеў имканиятын да береди. Себеби, картошка 3-4 айда, гешир болса 3-5 айда писиўи мүмкин. Бул өнимлер жыл даўамында пайдаланылып, турақлы талапқа ийе болған егинлер болып есапланады.
Берунийли дийқанлар бул имканиятты жақсы түсинип, тийкарғы егислик майданларына картошка ҳәм гешир егиўди мақсет еткен.

2025-жылы Беруний районындағы “Азамат Туримов” фермер хожалығында картошка егилген 3 гектар майдан бойынша өним жыйнап-терип алынбақта. Олар бул жерден 100 тонна картошка алыўды режелестирген, зүрәәтти 3-4 ай даўамында музлатқышлы қоймаханаларда сақлап, гүз айларында сатыў нийетинде, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Усы жылы Жуманиязов мәҳәллеси аймағындағы “Хожибой Амина” фермер хожалығында гешир егилген 2 гектар майданда өним жыйнаў процесине кирисилген. Агротехникалық қайта ислеўлер өз ўақтында орынланып, геширдиң табыслы писип жетилисиўине ерисилген ҳәм 80 тонна өним алыў режелестирилген. Бул процесстиң табысы, өнимниң сапалы ҳәм өз ўақтында жетилисиўине тәсир көрсетпекте.

Аўыл хожалығы тараўында жақсы режелестирилген агротехникалық усыллар жәрдеминде сапалы өнимлер жетистирилмекте, бул болса өз гезегинде жергиликли базардың талабын ҳәм дийқанлардың дәраматын арттырыўға хызмет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги