Бирге ислесиўдиң перспективалы режелери көрип шығылды
520

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Газпром нефть» компаниясының басқарма баслығы Александр Дюковты қабыллады.
Россияның бул жетекши компаниясы менен нефть-газ комплексинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тийисли «жол картасы»на муўапық раўажландырыўдың перспективалы режелери көрип шығылды.
Геологиялық-излеў жумысларын алып барыў, қурамалы кәнлерди өзлестириў, тараўды санластырыў, талап жоқары болған қәнигелерди таярлаў бойынша биргеликтеги илажлар ҳәм кооперация жойбарларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
ӨзА